1-Июнь — Халықаралық балаларды қорғаў күни

1-iyun Xalıqaralıq balalardı qorǵaw kúni múnasibeti menen        Shımbay rayonı 40-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń oqıwshıları arasında SHAXMAT jarısı ótkerildi. Jarıs juwmaǵında 1-orındı 5-b klass oqıwshısı Abdikarimov Berdax, 2-orındı 4-d klass oqıwshısı Saparov Begzat 3-orındı 5-b klass oqıwshısı Qazaqbaev Arman iyeledi. Barlıq jarıs qatnasıwshıları DIPLOMlar menen sıylıqlandı.

Шымбай  районлық  ХББ не қараслы  40-санлы  улыўма  орта  билим  бериў  мектебиниң  оқыўшылары  спорттын  бокс түринен  Қарақалпақстан чемпионатына  қатнасып сыйлы  орынларды(9-в класс оқыўшысы  Оралбаев  Куралбай ,7-а класс оқыўшысы  Жаңабаев  Акылбек  1-орын, 7-а класс оқыўшысы Толыбаев  Бекбос  3-орын) ийелеп  ДИПЛОМ менен сыйлықланды.

Қыз өссе елдиң көрки

Шымбай районлық  ХББ не қараслы  40-санлы  улыўма  орта  билим бериў  мектебинде  10-11-класс оқыўшы  қызлары  арасында  «Қыз  өссе  елдиң  көрки»  атамасында  көрик таңлаў  шөлемлестирилди

Шымбай районлық 40-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылар арасында тәртип ҳәм ҳуқықбузарлықлардын алдын алыў бойынша ата-аналар жыйналысы болып өтти. Жыйналыс барысында 2020-2021-оқыў жылында Жоқарғы оқыў орынларына оқыўға кирип студент болған оқыўшылар ата-аналарына мектеп жамаати атынан «Миннетдаршылық хат» тапсырылды.

«Биринши қоңыраў»

  • Шымбай районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында илаж болып өтти. Илажды мектеп директоры А.Куатбаев басқарып барды.
  • Илажда шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады» деген идея тийкарында билимлендириў тараўындағы жаңаланыўлар, қолға киргизилип атырған табыслар ҳәм алда турған ўазыйпаларға тоқталып, оқыўшылардың келешекте елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосыўына исеним билдирип, оларға бул жолда табыслар тиледи.
  • Мектепке 2021-2022-оқыў жылының 1-класына жәми 125 оқыўшы қабыл етилип, оларға 12 түрдеги оқыў қураллары, мектеп сумкасы, сабақлықлар топламынан ибарат Президент саўғалары тапсырылды. Илаж соңында биринши қоңыраў қағылып, «Билимлер күни» «Ғәрезсизлик сабақлары» менен даўам етти.

QARAQALPAQSTANDA 1-MÁRTE KITAP OQIǴANǴA SPARK AVTOMOBILI SAWǴAǴA BERILEDI!

«UMU kitapları» JShJ tańlawǵa qatnasıwdı qálewshilerdi rayon oraylarına barıp dizimge alıwdı dawam etip, búgin 7-may kúni Shımbay rayonı 40-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde kitaplar yarmarkasın shólkemlestirdi. Bul kitaplar yarmarkasına oqıwshılardıń ata-anaları, mektep oqıtıwshıları belsene qatnasıp ózleri oqıǵan mektebine kitaplar sawǵa etti. Yarmarka koncert baǵdarlaması menen dawam ettirildi.

Поэзия жулдызы

5-май қарақалпақ қосық дүньясының сөнбес жулдызы, поэзиямыз байтереги, Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 92 жыл толды. Асқар таўдай инсаныйлық пазыйлети жоқары, ағын суўдай сарқылмас талант ийеси сүйикли шайырымыздың өшпес жарқын яды жүреклеримизде мәңги жасайды. Усы мүнәсибет пенен Шымбай районлық 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Поэзия жулдызы» атамасында әдебий кеше өткерилди. Бәрше ўатанласларымызды, кǝсиплеслеримизди қарақалпақ әдебиятының бүгинги байрам сәнеси менен қутлықлаймыз.